Кеше футбол бойынша УЕФА чемпионлар лигасының «H»,  «F» ҳәм «G» 3-тур ойынлары өткерилди.

Атап айтатуғын болсақ,  , «H» топарында кейинги басқышқа шығыўға тийкарғы даўагерлердиң бири «Барселона» бул турда Донецктиң «Шахтёр» клубы менен өз-ара күш сынасып, Украина клубын 2:1 есабында жеңип шықты. Ушырасыўдың 28-минутында Ферран Торрес есапты ашқан болса, 36-минутта Фермин Лопес узақтан «Шахтёр» дәрўазасына гол урыўға миясар болды. Екинши таймның 62-минутында «шахтёр» футболшылары есапты қысқартыўға еристи. Бирақ, буннан соң ҳеш бир дәрўазаға гол урылмады. Хави шәкиртлери өткерилген 3 –турдан соң 100 процентлик нәтийжеге ерисип, 9 упай менен топар жетекшиси болып тур.

Ал, усы топардағы екинши ойында болса, «Порту» «Антверпен»ди мийманда 1:4 есабында жеңип, өзиниң упайлар санын алтаўға жеткерди. «Шахтёр» да болса 3 упай бар.

«F» топарында болып өткен «ПСЖ» ҳәм «Милан» клублары арасындағы ойында парижлилер 3:0 есабында жеңиске еристи. Париж клубы қурамында бул ойында Килиан Мбаппе, Коло Муани ҳәм Ли Кан Инлер гол урыўға миясар болды.

Сондай-ақ, усы  тур шеңберинде Англияның «Ньюкасл» клубы Германияға сапар етип, онда  «Боруссия Д» командасын 0:1 есабында жеңип шықты.

Чемпионлар лигасының өткен жылғы жеңимпазы «Манчестер Сити» бул турда «Янг Бойс» майданында 1:3 есабында жеңиске еристи.

«Лейпциг» ҳәм «Црвена Звезда» арасындағы ойында болса, 3:1 есабында немис клубының қолы бәлент келди.

Шотландияда болып өткен «Селтик» ҳәм «Атлетико» арасындағы ойында есап теңбе-тең жуўмақланды. 2:2.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы