Израилдың БМШтағы турақлы ўәкили Гилад Эрдан Израил армиясы радиосы арқалы Бас хаткер Антонио Гутерриштиң Израил – ХАМАС келиспеўшилиги бойынша берген билдириўинен соң БМШ рәсмийлерине виза берилмейтуғынын жәриялады.

– Тийисли билдириў себепли БМШ ўәкиллерине виза бериўден бас тартамыз-деди Эрдан. – Биз Бас хаткердиң гуманитарлық мәселелер бойынша орынбасары Мартин Гриффитске усы мәселеде әллеқашан бийкарлаў жуўабын берген едик. Оларға сабақ бериў ўақыты келди.

Кеше дипломат БМШ басшысын террорды ақлаўда айыплады ҳәм ХАМАСтың Израилға ҳүжими қурыдан-қуры жүз бермегенин айтқанынан кейин оны отставкаға шығыўға шақырды.

Алдынырақ Қәўипсизлик Кеңесиниң мәжилисинде Гутерриш ХАМАСтың Израилға ҳүжимин қаралаған, соның менен бирге «…вакуумда жүз бермегенин де тән алыў керек» деген еди. Оның еслетиўинше, Палестина халқы 56 жыл даўамында «буўындырыўшы басқыншылыққа ушырамақта».

ӨзА