Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студент-жаслардың театр өнерине болған қызығыўшылығын ҳәм руўхый жетикликке бағдарлаў арқалы әмелге асырылып атырған мәдений-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў және талантлы жасларға өз имканиятларын жүзеге шығарыў ушын шараят жаратыў, хошаметлеў мақсетинде «Студентлер театр студиялары фестивалы» шөлкемлестирилди.

Оған институттың барлық факультетлеринен, соның менен бирге, мийман «Айдын» командасы қатнасты.

Фестивальда «Өмирбек ҳәм Тазша», «Ынжықтың муҳаббаты», «Жайдары келин» сыяқлы миллий драматургиямыздың ең жоқары дөретпелери менен биргеликте, институт студентлериниң қәлемине тийисли «Әскербай ҳәм Шахсәнем», сондай-ақ, бүгинги турмысымыздың ойлы-бийик жоллары, өмир қыйыншылықлары, жаслар турмысындағы әҳмийетли мәселелер сахналастырылды.





Таңлаў жуўмағына бола «Ең жақсы спектакль» номинациясы бойынша  Баслаўыш тәлим факультети, «Бүгинги күнниң ең актуал темасындағы спектакль» номинациясы бойынша Дене мәденияты факультети, «Миллий қәдириятларымызды өзинде сәўлелендирген спектакль» номинациясы бойынша Физика-математика факультети, «Ең жақсы еркек роли» номинациясы бойынша Ҳасылбек Жүгинисов (Түркий тиллер факультети), «Ең жақсы ҳаял роли» номинациясы бойынша Азада Узақбергенова (Түркий тиллер факультети) жеңимпаз деп табылды.






Қарақалпақстан хабар агентлиги