Өзбекстан Республикасы Мәдений мийрас агентлиги «Өзбек халқының мәдений ҳәм материаллық мийрасы дүнья цивилизациясының раўажланыўында халықаралық мәдений көпир»-Музейлер жумысын жетилистириў ҳәм музейлерде заманагөй маркетинг ҳәм менеджментти жолға қойыў темасында 2024-жыл ушын грантлар ажыратыў ушын екинши таңлаўды жәриялайды.

Таңлаўда ҳәмме – пуқаралығына қарамастан 16 жасқа толған физикалық ҳәм юридикалық тәреплер қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары тәрепинен берилген төмендеги мақсетлерди нәзерде тутатуғын халықаралық стандартларға ийе жойбарлар қабыл етиледи;

  1. Музейлерде заманагөй маркетинг ҳәм менеджментти жолға қойыў;
  2. Музейлердиң илимий-изертлеў жумысларын күшейтиў;
  3. Музей экспонатлары ҳәм коллекцияларын реставрациялаў ҳәм консервациялаў;
  4. Тараўда заманагөй технологияларды, соның ишинде, 7Д голограмма шоуларды жедел қолланыў;
  5. Музей тарийхы, экспонатлар ҳәм коллекцияларды үгит-нәсиятлаў;
  6. Музейлерге байланыслы ең сайланды китап, каталог ҳәм басқа да басылымларды басып шығарыў.

Грант ажыратыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:

  1. Шөлкем басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөри менен тастыйықланған бақлаў хаты.
  2. Грант жойбары ушын қатнасыўшының арзасы (Агентлик веб-сайтында шаблон киргизилген).
  3. Қатнасыўшы физикалық тәреп болған жағдайларда шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери.
  4. Соңғы өзгерис ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизиминен өткен МКШлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларының Уставы (Режеси)ның нусқасы.
  5. Шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткенлиги ҳаққындағы гүўалық нусқасы.
  6. Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы.
  7. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң усыныс ҳәм қоллап-қуўатлаў хатлары.

Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 50 миллион сумға шекем.

Ҳүжжетлер 2023-жыл 15-ноябрьден 15-декабрьге шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди тапсырыў шәртлери ҳәм үлгилери менен Өзбекстан Республикасы Мәдений мийрас агентлигиниң рәсмий веб-сайтында 2023-жылдың 1-ноябринен баслап танысыўы мүмкин.

ӨзА