«Улыўма орта билим бериў мәкемелери директоры лаўазымына талабанларды менеджерлик оқыў курсларында оқытыў ҳәм оларға менеджерлик сертификатын бериў тәртиби туўралы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарарының жойбары жәрияланды.

Қарар менен Улыўма орта билим бериў мәкемелери директоры лаўазымына талабанларды менеджерлик оқыў курсларында оқытыў ҳәм оларға менеджерлик сертификатын бериў тәртиби ҳаққында реже тастыйықланды.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги 2024-жыл январьдан баслап А.Авлоний атындағы педагогларды кәсиплик раўажландырыў ҳәм жаңа методикаларға үйретиў миллий-изертлеў институтында улыўма орта билим бериў мәкемелери директоры лаўазымына талабанларды менеджерлик оқыў курсларында оқытыў ҳәм арнаўлы портал арқалы оларға мәмлекетлик үлгидеги менеджерлик сертификатын электрон санлы қолтаңба менен тастыйықланған ҳәм QR-код қойылған электрон тәризде бериў системасын енгизеди.

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи басқармалары тәрепинен менеджерлик сертификатына ийе талабанлардан мектеп директорлары резерви қәлиплестириледи.

Онда, мектеп директорларының вакант лаўазымларына талабанлар тек ғана сертификаты бар ҳәм резервке киргизилген кадрлар арасынан таңлап алынады.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА