Усы жылдың 20-22-октябрь күнлери Ташкент қаласында регби-7 бойынша 2005-2007-жылларда туўылған ер балалар ҳәм қызлар сайланды командалары арасында U-18, сондай-ақ, 2003-2005-жылларда туўылған ер балалар ҳәм қызлар сайланды командалары арасында U-20 Өзбекстан кубоги жарыслары болып өтти.

Оған Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан сайланды командалар қатнасты.

Жарыста 2005-2007-жылларда туўылған қызлар сайланды командамыз барлық қарсыласларын жеңип шығып, Өзбекстан кубоги жеңимпазы болған болса, 2003-2005-жылларда туўылған қызлар сайланды командамыз сыйлы 2-орынды ийеледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги