Футбол бойынша Азия Чемпионлар Лигасы топар басқышының 3-турынан орын алған ойынлар 23-октябрь, дүйшемби күни болып өтти.
«Навбаҳор» өз майданында «Нассажи Мозандаран»ға қарсы гүрес алып барды. Биринши бөлимниң соңында Ризо Озоди қорғаўшылардың қопал қәтесинен өнимли пайдаланып, есапты ашты.
Екинши бөлимде болса Иран клубы бир адам аз болып қалды. 52-минутта Сабер Ҳардами Болтобоевқа қарсы қопал ҳәрекет иследи ҳәм қызыл карточка алды. 74-минутта болса Остон Ўрунов Жамшид Искандеровтың пасьнан соң әжайып ҳәрекетлер менен өз есабына гол жаздырып қойды. Ойын ақырында болса Ўрунов қарсылас команда майданына кирип барып, топты орайға узатты.
Сол тәризде ойында 2:1 есабында наманганлылар жеңиске еристи.
«Насаф» болса сапарда «Шаржа» мийманы болды. Биринши бөлим ақырында Каёо Фернандеш тәрепинен урылған гол сақланып қалды ҳәм БАӘ клубына жеңис келтирди. 104-минутта «Насаф» клубының футболшысы Азизбек Аманов пеналтиди анық әмелге асыра алмады.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги