Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы Мектепке шекемги билимлендириў агентлиги ҳәм басқа да тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 24-сентябрьдеги ПҚ-5251-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў системасындағы реформаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға жәрдем бериў, «жасыл» технологияларды үгит-нәсиятлайтуғын ҳәр қыйлы спорт илажларын шөлкемлестириў, спорттың велоспорт түрин ғалаба ен жайдырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў зәрүр шараятларды жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшылары арасында да веломарафон спорт илажларын шөлкемлестириў режелестирилген.

Усы жыл 23-октябрь күни Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде елимиздиң бир қатар қалаларында өткерилип киятырған усы веломарафонның Қарақалпақстан Республикасындағы төртинши балалар веломарафоны өткерилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Велоспорт федерациясы ҳәм басқа да тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, қәнигелери, бақша тәрбияшылары менен тәрбияланыўшылары ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.

Веломарафон Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының гимнин атқарыў менен басланды.

Қатнасыўшылар старт сызығына жайластырылып, салтанатлы музыка астында Велоспорт федерациясы спортшыларының Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы байрағын көтерген ҳалда велосипедте жүриўи өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қызғын қутлықлап, веломарафон қатнасыўшылары болған кишкенелерге жақсы тилеклерин билдирди.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында барлық тараўлар қатарында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, халықты, әсиресе, жасларды спортқа кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Барлық қала ҳәм районларда заманагөй спорт объектлери қурылып, олардың материаллық-техникалық базалары беккемленбекте.

Буннан тысқары, өсип киятырған жас әўладтың саламатлығын беккемлеў мақсетинде  бир қатар спорт жарыслары өткерип келинбекте.

Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, «Замин» халықаралық жәмийетлик фонды тәрепинен де қайырқомлық илажлары әмелге асырылмақта. Бүгинги өткерилип атырған балалар веломарафоны да мине, усындай ийгиликли илажлардан саналады.

Мине, үш жылдан берли дәстүрий түрде өткерилип атырған бул веломарафонның тийкарғы мақсети балалар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, велоспортты ғалаба ен жайдырыў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл транспорт түринен пайдаланыўда көнликпелерди раўажландырыў, перзентлеримизди жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўге үйретиўден ибарат болып табылады.

Веломарафон жарысына Нөкис қаласындағы 20 балалар бақшасынан 6 жастағы жәми 120 бала қатнасты. Сондай-ақ, илаж шеңберинде Нөкис қаласындағы 62 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 400 беговел менен тәмийинленди.

Әлбетте, өз гезегинде бундай илажлар балалардың саламат перзентлер болып кәмалға келиўинде, балаларды жаслайынан ана тәбиятты сүйиўге ҳәм оған ғамхорлық етиўге үйретиўде, олардың спортқа болған қызығыўшылығын арттырыўда, оқыў процесине экологиялық билимлендириўди енгизиўде, балаларда экологиялық транспорт қуралларынан пайдаланыў мәдениятын қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң биринши орынбасары – Мектепке шекемги билимлендириў агентлигиниң директоры Шин Агриппина, Өзбекстан Республикасы Велофедерациясы баслығының биринши орынбасары Козим Ўринбойходжаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өткерилип атырған илаждың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бул веломарафонның мектепке шекемги жастағы балалар арасында өткерилиўи әлбетте, қуўанышлы жағдай. Себеби, биз балаларда саламат турмыс тәризи көнликпелерин раўажландырыў ҳәм оларды ерте жастан тәбиятты сүйиўге, оған ғамхорлық етиўге тәрбиялаўда, сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў тараўында экологиялық мәдениятты қәлиплестириўге кең жол ашатуғыны, сөзсиз.

Илажда Нөкис қаласындағы бақша тәрбияланыўшылары тәрепинен аяқ ойынлар атқарылды. Велоспорт марафонында балалар үшеў-үшеўден гезеклесип, белгиленген трасса бойлап ҳәрекетленип жарысқа түсип, жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.













Илажда қатнасқан барлық балалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған естелик саўғалары менен сыйлықланды.









Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги