Ташкент қаласында медицина хызметкерлери арасында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң кубоги ушын спорттың  мини-футбол, стол тенниси, шахмат ҳәм шашка түрлери бойынша жарыс болып өтти.

Онда қарақалпақстанлы медицина хызметкерлери де өзлериниң белсендилигин көрсетип, бир неше сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды.

Атап айтатуғын болсақ, Елликқала районлық медицина бирлеспесиниң хирург  шыпакери Ҳамдам Дурдиев шахмат бойынша өткерилген жарыста 2-орынды ийелеген болса, шашка бойынша өткерилген ҳаял-қызлар арасындағы жарыста Қанлыкөл районлық көп тармақлы орайлық поликлиникасы мийирбийкеси Нурсулыў Узақбаева барлық қарсыласларын жеңип шығып, чемпион атанды.




Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы кубок, медаль ҳәм дәрежели дипломлар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы