Бизге белгили, сумо — бул Японияда пайда болған гүрес өнери болып, онда еки спортшы бир-бирин шеӊберден сыртқа ийтерип жибериўге яки бир-бирин аяқ алақанларынан басқа денениӊ ҳәр қандай бөлеги менен жерге тийиўине ҳәрекет етеди.  Тек ғана усы мәмлекетте профессионал рикиси (сумо гүресшилери) беллесиўлери өткериледи. Дүньяныӊ қалған бөлегинде болса тек ҳәўескер сумо бар.

Жақында Әдиллик министрлиги Өзбекстан Сумо федерациясын мәмлекетлик дизимнен өткерди. Камол Усмонов оныӊ баслығы етип сайланды. Камол Усмонов буған шекем Өзбекстан Скейт ассоциациясыныӊ бас хаткери лаўазымында ислеген, Миллий олимпиада комитетинде гүрес бөлимине басшылық еткен.

Камол Усмоновтыӊ мағлыўматына бола, Федерация мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем ретинде дизимнен өткен. Федерацияныӊ тийкарғы мақсети Өзбекстанда сумо спортын раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, сумо спортшылары, әсиресе, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сумо бойынша мәдений ҳәм спорт илажларын өткериў, халықаралық спорт байланысларын кеӊейтиў, федерация ағзаларыныӊ ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин белгилеў ҳәм қорғаўдан ибарат.

Дурдона Абдужабборова болса Өзбекстандағы биринши сумо спортшысына айланды.

Гулноза Бобоева,  

ӨзА