Усы жылдың 20-30-октябрь күнлери Саудия Арабстанының Ар-Риёд қаласында III «Пүткил жер жүзилик жаўынгерлик өнери ойынлары» болып өтеди.

Бул жарысқа дзюдо бойынша Өзбекстан сайланды командасы да аралас командалық беллесиўлерде қатнасады. Атап айтатуғын болсақ, ерлер арасында -73 кг салмақта Обидхон Нўмонов, -90 кгда Жаҳонгир Маматраҳимов, +90 кгда Ўткир Тўрабоев, қызлар арасында -57 кг салмақта қарақалпақстанлы Нилуфар Ермағанбетова, -70 кгда Шоҳиста Назарова, +70 кгда Ирисхон Қурбонбоевалар турнир жеңимпазлығы ушын гүрес жүргизеди.

Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, бул турнирде дзюдо бойынша беллесиўлер 23-октябрь күни болып өтеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы