Кеше футбол бойынша Өзбекстан кубогиниң ярым финал ойынлары өткерилди. Олардың биринде Рўзиқул Бердиев басшылығындағы  «Насаф» Про-лига ўәкили Самарқандтың «Динамо» клубы менен финал жолламасы ушын гүрес алып барды.

Ушырасыўдың 10-минутында «Насаф» футболшысы Азизбек Амонов жәрийма тобын голға айландырып, өз командасын есапта алдынға алып шықты.

Екинши таймның 51-минутында самарқандлылардан Воҳиджон Оқбўтаев ойындағы есапты теңлестирген болса, 66-минутта және бир мәрте Азизбек Амонов «Динамо» дәрўазасын анық нышанға алыўға еристи.

Кескин түрде өткен ойынның соңғы минутларында болса, «Насаф» ағзасы Алибек Давронов қызыл карточка алып, майданды тәрк етти.

Ойынның қалған минутларында есап өзгермеди.

Ал, екинши ярым финалда болса, Алмалықтың «ОКМК» клубы Самвел Бабаян басшылығындағы Наманганның  «Навбаҳор» ы менен ойын өткерди.

Ойынның 10-минутында Жамшид Искандеров жәриймадан гол урып наманганлы футбол жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи. Арадан 4 минут өткенде алмалықлылар қурамында ойнап атырған легионер Рубен Санчес есапты теңлестириўге еристи. 28-минутта «ОКМК»ның және бир легионери Мартин Боаке гол урған болса,  70-минутта Акрамжон Комилов өз дәрўазасына гол урып қойды. Есап 2:2.

Ушырасыўдың қалған минутлары ҳәм төреши тәрепинен қосып берилген еки таймда да дәрўазаларға басқа гол урылмады. Буннан соң белгиленген пенальтилар сериясында болса, әўмет Миржалол Қосимов шәкиртлерине күлип бақты ҳәм «ОКМК» өз тарийхында 4-мәрте Өзбекстан кубогине жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы