Аргентиналы футбол жулдызы Лионель Месси МЛС тарийхындағы ең көп мийнет ҳақы алатуғын  футболшы болып табылады.

Оның турақлы алатуғын ақшасы 20,4 миллионды қурайды. Сондай-ақ, ол Adidas ҳәм Apple’дан да жылына 50-60 миллион доллар пул алады.

АҚШтың футбол лигасында ең көп ис ҳақы футболшылар дизиминде, 15,4 миллион доллар менен «Торонто» клубы футболшысы Лоренцо Инсинье екинши орынды ийелеп тур.  Бул дизимниң үшинши орнында болса,  «Чикаго Файр» клубының швейцариялы футболшысы  Жердан Шакири келмекте.

«Интер Майами»  футболшысы Сержи Бускетс болса, 1,775 миллион, Жорди Альба 1,25 миллион доллар ис ҳақы алады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы