18-октябрь күни Латын Америкасында футбол бойынша 2026-жылғы жәҳән чемпионатының таңлап алыў ойынлары болып өтти.
Усы ойынлардың биринде соңғы жәҳән чемпионатының жеңимпазы Аргентина сапарда Перу сайланды командасы менен өз-ара ушырасты.
Ойынның 32 ҳәм 42-минутларында аргентиналылар жетекшиси Лионель Месси еки гол урыўға еристи. Ал, ойынның қалған ўақтында болса, есап өзгермеди. Есап 0:2 Аргентина пайдасына.
Өзиниң күшли жулдыз футболшыларына ийе Бразилия болса, Уругвайға сапар етип, онда 2:0 есабында жеңилип қалды.
Бул ойынның 45-минутында Бразилия ҳүжимшиси Неймар аўыр жарақат алып, стадионды ойын тамамланбастан-ақ тәрк етиўге мәжбүр болды.
Өткерилген 4 турдан соң бул материкте Аргентина сайланды командасы 12 упай менен биринши орынды ийелеп киятыр. Ал, Уругвай, Бразилия ҳәм Венесуэла сайланды командалары 7 упай топлап, жетекшилик ушын гүрести даўам еттирмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы