Кеше Азия футбол конфедерациясында футбол бойынша 2026-жылы АҚШ, Мексика ҳәм Канадада өткерилиўи белгиленген жәҳән чемпионатының топар басқышына шек таслаў мәресими болып өтти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы «Е» топарында Иран, Түркменстан ҳәм Гонконг сайланды командалары менен жәҳән чемпионатына шығыў ушын гүрес алып барады.

Атап айтатуғын болсақ, Өзбекстан сайланды командасы өзиниң дәслепки ойынын 16-ноябрь күни сапарда Түркменстанға қарсы өткерсе, 21-ноябрьде өз майданында Иранды қабыл етеди. 2024-жылдың 21-март күни болса, Өзбекстан Гонконгқа сапар етсе, 26-март сәнесинде гонконглыларды өз майданында қабыллайды. Топардың ең соңғы ойынлары болса, 6-11-июнь күнлери Түркменстан ҳәм Иранға қарсы болып өтеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы