Кеше футбол бойынша Европаның бир қатар қалаларында Евро-2024 жарысының таңлап алыў ойынлары болып өтти.
Олардың биринде «С» топарында ойын өткерип атырған Англия сайланды командасы Италияны өз майданында қабыллады.
Оғада кескин түрде өткен ойынның 15-минутында Жанлука Скамакка италиялыларды есапта алдынға алып шыққан болса, 32-минутта Харри Кейн пенальтиди анық әмелге асырып арадағы есапты теңлестириўге еристи.
Екинши таймда майдан ийелери белсендилик көрсетти ҳәм англиялылар ҳүжимшиси Маркус Рэшфорд ҳәм Харри Кейнлер 57-77-минутларда еки гол урыўға миясар болды.
Бул жеңистен соң Англия сайланды командасы өз топарында мүддетинен алдын Евро-2024 турнириниң финал басқышына жолламаны қолға киргизиўге еристи.
Ал, қоңсылас Қазақстан сайланды командасы болса, бул турда Финляндияға сапар етип, 1:2 есабында жеңиске еристи.
Украина болса Малтаны 3:1, Дания сапарда Сан-Мариноны 2:1 есабында жеңип шықты.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы