Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде (Манеж) грек-рим, еркин гүрес ҳәм ҳаял-қызлар гүреси  түрлери бойынша ересеклер арасында «New Uzbekistan» халықаралық  жарысы басланды.

Оған мәмлекетимизден тысқары , Тәжикстан, Қырғызстан, Қазақстан ҳәм Беларусь республикаларынан пүткил дүньяға белгили болған палўанлар қатнаспақта.

Кеше грек-рим бойынша беллесиўлерге старт берилди. Онда қарақалпақстанлы палўанлар да 60-67, 77-87,97-130 кг салмақ категориясы бойынша гүреске түсти.

Олардың арасында 67 кг салмақта Азизбек Жолдасбаев ҳәм Асылбек Қудайбергеновлар ярым финалға шекем жетип келди. Бирақ, тилекке қарсы, оларға финалға шығыў несип етпеди. Атап айтатуғын болсақ, Асылбек Қудайбергенов грек-рим гүреси бойынша Азия чемпионы бухаралы Махмуд Бахшиллаевқа, ал,  Азизбек Жолдасбаев хорезмли Хусниддин Алланазаровларға жеңилип қалды.

Сондай-ақ, 97 кг салмақта гүреске түскен Асылбек Айтбаев ярым финалға шекем наманганлы, самарқандлы палўанларды жеңип шығып, финалға шығыў ушын гүресте бухаралы палўан Жамал Жумабевқа жеңилип қалды.

Енди жоқары да аты аталған палўанларымыз бүгин жарыстың қола медалы ушын беллесиўге түседи.

Ал, ең аўыр салмақта яғный, 130 кг салмақта гүреске шыққан Сухраб Рахматов финалға шекем барлық қарсыласларын жеңип шығып, бүгин алтын медаль ушын беларусьлы палўан менен гүрес алып барады.

Сондай-ақ, бүгин еркин гүрес бойынша 57 -65, 74 -86, 97 -125 кг  салмақта беллесиўлер өткериледи. Кешки саат 17:00 де жарыстың рәсмий ашылыў мәресими ҳәм грек-рим гүреси бойынша финал беллесиўлери өткериледи.



Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, халқымыздың мақтанышына айланған палўан грек-рим гүреси бойынша Азия ойынларының чемпионы Жалғасбай Бердимуратов жарысларда алған жарақаты себепли, беллесиўлерге түсе алмайды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы