Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң жерге болған ҳуқықын рәсмийлестириў, мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм басқа да усы бағдардағы бир қатар жумыслар Мәмлекетлик кадастрлар палатасы системасындағы мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылып, соңғы жылларда бул тараўда да халыққа көрсетилип атырған усы бағдардағы хызметлердиң сапасын арттырыў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлектлик кадастрлар паласы Қарақалпақстан Республикасы басқармасына ҳәм оның қалалық ҳәм районлық филиалларына быйылғы жылдың 9 айы даўамында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 40 695 арзаның келип түсиўи де бул бағдардағы жумыслардың көлеми қандай дәрежеде үлкен екенин көрсетеди.

– Соннан 30583 арза унамлы шешилип, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге сапалы хызмет көрсетиўге ҳәрекет етилди,-дейди Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Сардор Урунбаев.

Буннан басқа, быйылғы жылдың 9 айы даўамында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2014-жыл 8-октябрьде мәмлекетлик дизимге алынған «Мәмлекетлик кадастрлардың бирден-бир системасына тийисли мәмлекетлик кадастрлар мағлыўматларының қурамы ҳәм оларды усыныў тәртиби ҳаққында»ғы реже талапларына тийкарланып көшпес мүлк объектлери жер участкасы ҳәм имаратлар ҳаққындағы мағлыўматларды геомәлимлеме системасына киргизиў жумыслары әмелге асырылып, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 401 172 жер участкаcы электрон картада сәўлелендирилди.

  • Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 14-февральдағы 71-санлы қарарының 1-қосымшасына муўапық, пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплерге турақлы пайдаланыў (ийелик етиў), ижара яки мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында тийисли болған аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў бойынша, жәми 594 арза келип түскен. Cоннан, комиссия тәрепинен келисилгенлериниң (келисим берилгенлер) саны 491, ал бийкар етилгенлериниң саны 86 ны қурайды.
  • Исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысларын әмелге асырыў ушын жер участкаларын мүлк ҳуқықы ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы бериў бойынша, жәми 1482 жер участкаcы бағдарламаға киргизилген. Соннан, 545 и “E-auksion” саўда майданшасында сатыўға қойылып, 482 си реализацияланған, 275 и тийисли шөлкемлер тәрепинен бийкар етилген, 824 и комиссия тәрепинен көрип шығылмақта, ал 178 и жеңимпаз ретинде дизимге алынған.
  • Жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайын абаданластырыў ушын жер участкаларын мүлк ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализациялаў бойынша, жәми 2819 жер участкасы бағдарламаға киргизилген. Соннан, 94 и “E-auksion” да реализацияланған, 236 сы аукционда сатыўға шығарылған.

Өзбекстан Республикасының 2022-жыл 28-ноябрьдеги 803-санлы нызамына муўапық, көшпес мүлкке болған ҳуқықларын мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон бағдарлама арқалы мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм бирден-бир интерактив порталынан 2023-жылдың 1-январынан 30-сентябри аралығында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 58113 арза қабыл етилген болып, соннан 10611 арза белгили себеплерге бола бийкарланған, 1942 арза унамлы шешилген, ал 45413 арза унамлы жуўмақланған. Ижара ҳәм ипотека шәртнамасы бойынша 2369 арза келип түскен.



Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мүрәжатлар менен ислесиў секторы тәрепинен 2023-жылдың 9 айы даўамында 1339 мүрәжат көрип шығылды. Олардың мазмунын көрип шығатуғын болсақ, көпшилиги пуқаралардың нызамсыз қурылған турақ жайларына кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў болып, бул бойынша 647 мүрәжат келип тускен. Ал, жер ажыратыў бойынша 96, жер майданын өлшеп бериў бойынша 287, көшпес мүлклер ҳаққында мағлыўмат бериў бойынша 67 ҳәм басқа мәселелер бойынша 242 арза келип түскен.

Бүгинги күнде физикалық хәм юридикалық тәреплерге сапалы ҳәм оператив хызмет көрсетиў бойынша кадастр системасында бир қанша реформалар ҳәм нызамшылығында жаңаланыўлар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, пуқараларға хызмет көрсетиўде коррупция ҳәм өз лаўазымынан пайдаланыў сыяқлы жат иллетлерди болдырмаў мақсетинде Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бас қәнигеси енгизилип, бүгинги күнде филилларда профилактикалық жумыслар әмелге асырылмақта.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги