Грузия пайтахты Тбилиси қаласында қылышласыўдың сабля түри бойынша «Satellite» халықаралық турнири өткерилип, оған дүньяның көплеген мәмлекетлеринен күшли спортшылар қатнасты.

Соның ишинде, Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты қәнигелиги 1-басқыш магистранты Шерзад Мамутов ярым финалға шекем жетип келип, онда франциялы Томас Мартинге жеңилип қалды ҳәм қола медалын ийлеўге миясар болды.

Турнирде алтын медальды польшалы Кшиштоф Качковский, гүмис медальды франциялы Томас Мартин, қола медальды Шерзад Мамутов ҳәм түркиялы Энвер Йылдырым ийелеўге ерисип, Париж-2024 Олимпиадасы ушын жоллама бериўши упайларды қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы