Нөкис қаласында Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси басламасы менен жоқары оқыў орынлары студент-жаслары арасында «Биз жаслар ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылыққа қарсымыз!» сүрени  менен спорттың киши футбол түринен жарыс өткерилди.

Оған республикамызда жайласқан жоқары оқыў орынларынан 8 команда қатнасты.

Жарыс жуўмағында, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети командасы биринши, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты командасы екинши ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.

Жеңимпазлар Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги