Усы жылдың 14-15-октябрь күнлери Нөкис қаласында спорттың волейбол түри бойынша U-18 жасар жигит ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы кубоги жарысы болып өтти.

Жарысқа Нөкис қаласы ҳǝм районлардан ерлер арасында 17 команда, қызлар арасында 9 команда қатнасты ҳәм кубок жеңимпазлығы ушын өз-ара гүрес алып барды.

Кескин өткен ойынлар жуўмағында, ерлер арасында, 1-орынды Нөкис олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы, 2-орынды Беруний районы спорт мектеби ҳәм 3-орынды Республикалық спорттың ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеби командалары ийелеген болса, қызлар арасында 1-орынды Хожели районы спорт мектеби, 2-3-орынларды Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектебиниң биринши ҳәм екинши командалары ийелеўге миясар болды.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги тәрепинен арнаўлы дипломлар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги