Халқымызға «Ғәрип-Ашық» музыкалы драмасындағы Ғәрип, «Өмирбек ҳәм Тазша» спектаклиндеги Өмирбек лаққы, «Бир достың болсын» телесериалындағы Жалғас, «Курорт» ҳәм «Қоңсылар» кинофильмлериндеги бир қатар рольллери арқалы кеңнен белгили болған сүйикли актёрымыз Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, Қарақалпақстан Республикасы халық артисти, «Эътироф» сыйлығының лауреаты Өмирбай Қосымбетов быйыл 60 жасқа толмақта.


Усы мүнәсибет пенен республикамыздың бир қатар орынларында актёрдың өз ықласбентлери менен ушырасыў кешелери өткерилмекте.
Усындай юбилей кешеси Тахтакөпир райондағы Мәденият сарайында болып өтти. Оған район басшылары ҳәм аймақ турғынлары, актёрдың кәсиплес дослары ҳәм шәкиртлери қатнасты.
Кешеде район ҳәкими Жамбыл Адилов, Өзбекстан, Қарақалпақстан ҳәм Түркменстан халық артисти Мырзагүл Сапаева, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, «Дўстлик» ордениниң ийеси Базарбай Назарымбетов, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Қурбанбай Қаландаровлар юбилярды 60 жасы менен қутлықлап, оның Қарақалпақстан театр ҳәм кино көркем өнеридеги тутқан орны туўралы кең түрде айтып өтти.


Илаж даўамында Ө.Қосымбетовқа район ҳәкимлигиниң естелик саўғалары тапсырылып, ҳүрмет-иззет көрсетилди.
Кеше даўамында жас актёрлар тәрепинен «Ғәрип ашық» музыкалы драмасы, «Ынжықтың муҳаббаты» ҳәм басқа да спектакльлерден үзиндилер қойылып, бул тамашагөйлерде умытылмас тәсирлер қалдырды.
Кеше соңында сүйикли актёрымыз Өмирбай Қосымбетов өзине көрсетилип атырған бундай жоқары ҳүрмет ушын Тахтакөпир район ҳәкимлигине, аймақ турғынлары ҳәм кешени шөлкемлестириўшилерге өзиниң миннетдаршылығын билдирди. Юбилей кешеси республикамызға белгили қосықшылардың йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.