Өткен жума, шемби ҳәм екшемби күнлери Европаның бир қатар қалаларында футбол бойынша Евро-2024 турнирине таңлап алыў ойынлары болып өтти.
13-октябрь күни өткерилген ойынлардың биринде Роналду жетекшилигиндеги Португалия сайланды командасы Словакия сайланды командасына қарсы ойнап, онда 3:2 есабында жеңиске еристи. Бул ойында Гонсалу Рамуш бир гол урған болса, Роналду еки гол урыўға еристи ҳәм өзиниң голларын санын 857 ге жеткерди.
Сондай-ақ, ол сайланды команда қурамында урған голлар санын 125ке жеткерип, өзиниң орнатқан рекордын және бир мәрте жақсылап алды.
Ал, Франция сайланды командасы болса, бул турда Нидерландия менен ушырасып, онда 2:1 есабында жеңиске еристи. Бул ойында Килиан Мбаппе еки гол урыўға миясар болды.
Бельгиялы футболшылар болса, усы күни Австрия менен ушырасып, оларды 3:2 есабында жеңип шығыўға еристи.
14-октябрь күни өткерилген ойынларда болса, Италия сайланды командасы Мальтаны 4:0, Украина-Арқа Македонияны 2:0, 15-октябрьде Испания сапарда Норвегияны 1:0, Уэлс Хорватияны 2:1, Түркия Латвияны 4:0 есабында жеңип шықты.
Ал, Польша болса, бул турда өз майданында Молдова менен ушырасты ҳәм 1:1 ойнады.
Солай етип, өткерилген бул ойынлардан соң Франция, Португалия, Бельгия, Испания, Шотландия ҳәм Түркия сайланды командалары мүддетинен алдын Германияда болып өтетуғын, Евро—2024 турнири жолламасын қолға киргизиўге миясар болды.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.