13-октябрь күни Қытайдың Дальян қаласында футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы Вьетнам сайланды командасы менен дослық ойынын өткерди.
Кескин өткен ойынның 26-минутында Остон Ўрунов өзиниң әжайып соққысы менен есапты ашқан болса, 66-минутта Жамшид Искандеровтиң топ узатыўынан соң Хусниддин Алиқулов басы менен және бир гол урыўға миясар болды.
Енди Сречко Катанец шәкиртлери өзиниң кейинги ойынын Қытай сайланды командасы менен өткереди. Ойын 16-октябрь күни Дальян қаласында Ташкент ўақты менен саат 16:35 де басланыўы белгиленген.
Сондай-ақ, Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан U-23 сайланды командасы 13-октябрь күни Испания жаслар сайланды командасы менен дослық ойынын өткерип, олар менен теңбе-тең ойнады. Есап 0:0.
Бүгин олимпиада сайланды командамыз Африка кубогиниң финалшысы, Париж олимпиадасы жолламасына ийе Египет сайланды командасы менен Ташкенттеги «Бунёдкор» стадионында ойын өткереди. Ушырасыў саат 19:00 де басланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.