10-12-октябрь күнлери Қытайдың Тайюань қаласында өткерилген  таэквондо WТ бойынша G6 категориясына  кириўши Гран-При турнири өз жуўмағына жетти.

Онда қатнасқан Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 1 гүмис ҳәм 3 қола медалын қолға киргизиўге миясар болды. Атап айтатуғын болсақ, ерлер арасында Никита Рафалович гүмис,  Улуғбек Рашитов ҳәм Жасурбек Жайсуновлар қола медалын ийелеген болса, қызлар арасында Мадинабону Маннопова да 3-орынға ылайық деп табылды.

Сондай-ақ, турнирдиң гүмис медаль ийеси Никита Рафалович дүнья рейтингиндеги упайлар санын 36 ға, қола медаль ийелери Мадинабону Маннопова, Улуғбек Рашитов ҳәм  Жасурбек Жайсуновлар 21.6 упайды қолға киргизиўге еристи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы