Ҳәзирги ўақытта орынларда Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң сиясий тәлим ҳәм депутатлық топарлар менен ислесиў бөлими тәрепинен тийисли қәнигелердиң қатнасыўында жас исбилерменлер ушын оқыў семинарлары шөлкемлестирилмекте.
Усындай оқыў семинарларының бири Кегейли районында өткерилди.
Онда Орайлық Банки Қарақалпақстан Республикасы Бас Басқармасы ҳәм “Жаслар келешегимиз” фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы менен биргеликте болажақ исбилерменлер ушын керекли тийкарғы мағлыўматлар берилди.
Атап айтқанда, семинарда исбилерменлерге ҳәм исбилерменликке қызығыўшылығы бар пуқараларға экономикалық билимлер берилип, коммерциялық банклер тәрепинен берилетуғын кредитлер, шаңарақлық ҳәм ипотека кредитлериниң ажыратылыўы, турақ жай ушын субсидия ажыратыў тәртиби, тәлим кредитлери бойынша толық мағлыўматлар берилип, тәртип-қағыйдалары толық түсиндирилди.
Илажда қатнасыўшылар исбилерменлик ҳәм банк тараўына байланыслы сораўларына тийисли қәнигелерден жуўап алды.
Усындай оқыў семинары Бозатаў районындағы Жаслар орайында да болып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги