Футбол бойынша Евро—2024 таңлап алыў басқышынан орын алған ойынлар 12-октябрь, пийшемби күни болып өтти.

Испания өз майданында Шотландияны қабыл етти. Ойынның биринши бөлиминде дәрўазаға гол урылмады. Екинши бөлимде болса испанлар 2 гол урыўға еристи. Дәслеп, 73-минутта Мората гол урған болса, 86-минутта Оян Сансет екинши гол авторы болды. Сол тәризде Испания жеңди.

Норвегия болса Кипрди 4:0 есабында утты. Норвеглер қурамында Эрлинг Ҳоланд дублге ерискен болса, Александр Серлот ҳәм Фредрик Эурснес биреўден голға авторлық етти.

Сондай-ақ, Польша Фарер атаўларын 2:0 есабында жеңди, Хорватия Түркияға 0:1 есабында имканиятты берип қойды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги