Бүгин Қытайдың Дальян қаласында футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы Вьетнам менен өз-ара дослық ушырасыўын өткереди.

Бул ойын Ташкент ўақты менен 16:35 те басланады ҳәм онда футболшыларымыз көк липаста ойынға түседи.

Сондай-ақ, бүгин Ташкент қаласындағы «Бунёдкор» стадионында да қызықлы ойын болып өтеди.

Онда Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан Олимпиада сайланды командасы Испания жаслар сайланды командасы менен өз-ара дослық ушырасыўын өткереди.

Ойын Ташкент ўақты менен саат 19:00 де басланыўы белгиленген.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы