«Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» ҳәм елимизге белгили палўан Кураш бойынша Орта Азия чемпионы Абибулла Садықовтың естелигине бағышланып ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында республикалық ашық турнир өткерилди.

Турнирди өткериўден мақсет – Кураш миллий спорт түрин еле де раўажландырыў ҳәм оның халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў, жаслар сиясаты ҳәм спорт ҳаққындағы Нызам талапларын орынлаўдан ибарат болып табылады.

Жарыс халықаралық Кураш қағыйдаларына муўапық алып барылып, тәжирийбели төрешилер тәрепинен бақлап барылды.






Жарыс жуўмағында, 66 килограмм салмақ категориясы бойынша Хорезм ўәлаятынан Жалалатдин Адамбаев, 73  килограмм салмақ категориясында Қоңырат районынан Меңлибек Юлдашев, 81 килограмм салмақ категориясында Әмиўдәрья районынан Санжар Серимбетов, абсолют салмақта Нөкис районынан Захриддин Зайтов, ал, ҳаял-қызлар арасында +63 килограмм салмақ категориясы бойынша Рахима Юлдашова биринши орынды ийеледи.





Жеңимпаз спортшылар Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Кураш федерациясы ҳәм қәўендерлер тәрепинен таярланған диплом, медаль ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери