Таэквондо бойынша Қытайда өткерилип атырған «Тайюан Гран Приси» кубогинде +80 кг салмақта беллесиўлерге түскен елимиздиң ең белгили спортшыларының бири Никита Рафалович финалға шекем жетип барып, гүмис медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Ол финалға шекем тунисли Мотаз Ифауйи, қытайлы Жаохианг Сонг, кореялы Чан Ҳуи Парк ҳәм хорватиялы Иван Сапинаны жеңип шығыўға еристи.
Ал, финалда болса, россиялы Владислав Ларинге 1:2 есабында жеңилип қалды.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, Никита Рафаловичтен алдын Өзбекстан сайланды командасы ағзалары Улуғбек Рашитов ҳәм Жасур Жайсуновлар бул турнирде өз салмақ категориялары бойынша қола медальларын қолға киргизген еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы