Қытайдың Тайюан қаласында таэквондо WТ бойынша ересеклер арасында G6 категориясына кириўши Гран-При жарысы болып өтпекте.
Кеше өткерилген жарысларда өзбекстанлы — Улуғбек Рашитов, Ниёз Пўлатов, Шуҳрат Салаев, Жасурбек Жайсунов ҳәм Феруза Содиқова даянға шықты. Олардың арасынан еки спортшы жеңимпазлар қатарынан орын алды.
Атап айтқанда, -68 кг салмақта даянға шыққан олимпиада чемпионы Улуғбек Рашитов ҳәм -80 кг да Жасурбек Жайсуновлар жарыстың ярым финалына шекем жетип барып, онда кореялы қарсыласларына жеңилип қалды.
Ал, бүгин болса, +80 кг да Никита Рафалович ҳәм +67 кг да Светлана Осиповалар өзлериниң беллесиўлерин өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы