Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың мирәт етиўине бола, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын 13-октябрь күни әмелий сапар менен Бишкек қаласында болады.
Саммит илажлары даўамында ҒМДА шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиў, соның ишинде, саўда, инвестициялар, санаат кооперациясы, инновациялар, санластырыў, транспорт, билимлендириў, мәденият ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги бағдарламалар менен жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылады.
Мәмлекет басшылары халықаралық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысады.
Мәжилис жуўмағында Дослық Аўқамы шеңбериндеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларына байланыслы бир қатар келисим ҳәм қарарларды қабыл етиў нәзерде тутылған.
ӨзА