Ҳәзирги күнде районлардағы фермер хожалықларына пахта теримине жақыннан жәрдем көрсетилип, тийисли шөлкем, мәкеме басшылырының басламасы менен алдынғы теримшилер мүнәсип хошаметленип келинбекте.
Бул бағдарда республикамызда пахта зүрәәтин жыйнап терип алыў бағдарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кесңеси депутатлары тәрепинен де жақсы басламалар менен пахта қырманына ылайықлы үлес қосылмақта.
Қанлыкөл районы «KANTEX INVEST» ЖШЖ директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Қ.Ешмуратовтың басшылығында жәмәәттеги пахта теримине белсене қатнасып атырған теримшилер ушын «Ҳармаң пахтакеш» акциясы шөлкемлестирилди.
Жәмийет тәрепинен ҳәр күни пахта атызларына атланған 600 ден аслам теримшилер ушын автобуслар ҳәм атыз басында қолайлы шараятлар жаратылған.
Илажда теримшилерге ҳармасын айтылып, олар тәрепинен елимиздиң пахта қырманының бәлентлеўине қосып атырған үлеси айрықша атап өтилди. Олардың пикир-усыныслары тыңланып, теримшилердиң шараятларын еле де жақсылаў бағдарындағы жумыслар келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги