Өзбекстан футзал миллий командасы 2024-жылы Таиланд мәмлекетинде болып өтетуғын Азия кубогине жолламаны мүддетинен алдын қолға киргизди.

Таңлап алыў басқышында 32 команда ҳәр бири 4 командадан ибарат 8 топарға бөлинген ҳәм өз топарында 1 ҳәм 2-орынды қолға киргизген командалар континент бириншилигине жоллама алады. Усы тәризде 2-турдан соң «G» топарында 6 упайдан жыйнаған Өзбекстан ҳәм Ирақ командалары мүддетинен алдын Азия кубоги қатнасыўшысына айланды.

Өзбекстан ҳәм Ирақ арасындағы соңғы тур ойыны топар жеңимпазын анықлап береди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги