«Ўзбекконцерт» мәмлекетлик шөлкеми баслығы ўазыйпасын атқарып келген Даврон Шералиев ўазыйпасынан азат етилди.

Бул ҳаққында Мәденият министриниң биринши орынбасары Баҳодир Аҳмедов басшылығында өткен мәжилисте мәлим етилген.

«Ўзбекконцерт»ге усы күнге шекем директордың дөретиўшилик мәселелери бойынша орынбасары ўазыйпасында ислеп келген Эрданов Санжар Собирович директордың ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы етип тайынланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги