Кураш бойынша 2008-2011, 2012-2015-жыллары туўылған жас өспиримлер  ҳәм қызлар арасында Республикалық жеке гүрес спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектебиниң ашық бириншилиги өткерилди.

Жарысты өткериўден мақсет – миллий спорт түри болған Курашқа жаслардың қызығыўшылығын арттырыў, оның ғалабалығына ерисиў, жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм усы спорт түрин үгит-нәсиятлаў болып есапланады.

Онда 15 командадағы 267 спортшыдан 52 қыз спортшылар да қатнасып, өз-ара күш сынасты.



2012-2015-жыллары туўылған спортшылар арасында 23 килограмм салмақта Шымбай районынан Дәўлетбаев Дианат. 26 килограмм салмақта Кегейли районынан Базарбаев Шерзат, 29 килограмм салмақта Қоңырат районынан Жарқынбаев Азамат, 32 килограмм салмақта Нөкис қаласынан Инаятов Дәўлетияр, 35 килограмм салмақта Қоңырат районынан Сәрсенбаев Асхат биринши орынды ийеледи.

Ал, 2008-2011-жыллары туўылған жас спортшылар арасында 35 килограмм салмақта Нөкис қаласынан Жолдыбаев Мийранбек, 38 килограмм салмақта  Нөкис қаласынан Жүсипов Айдос, 42 килограмм салмақта Нөкис қаласынан Мақсетбаев Рахат, 46 килограмм салмақта Қоңырат районынан Базарханов Нурислам, 50 килограмм салмақта Қоңырат районынан Адайбаев Баўбек, 55 килограмм салмақта  Қоңырат районынан Амангелдиев Галимжан, 60 килограмм салмақта  Хожели районынан Юлдашев Шухрат, 65 килограмм салмақта  Шоманай районынан Айтмуратов Султанбек, 71 килограмм салмақта  Нөкис районынан Зийнатдинов Камранбек, 71 килограммнан аслам салмақта Нөкис районынан Алимбаев Нурсултанлар жеңимпаз болды. Ал қызлар арасында өткерилген жарыста 36 килограмм салмақта Хожели районынан Испанова Арайлым, 40 килограмм салмақта  Нөкис қаласынан Қосбаева Тумарис, 44 килограмм салмақта  Нөкис қаласынан Маратова Гүлпаршын, 48 килограмм салмақта Нөкис қаласынан  Қуўанышбаева Айгүмис, 48 килограммнан аслам салмақта  Хожели районынан Юлдашова Севинчлер биринши орынды ийеледи.





Жеңимпазлар мүнәсип хошаметленип, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери