Европа Аўқамы сыртқы ислер министрлери бүгин Израил ҳәм Палестине арасындағы келиспеўшиликтиң күшейиўи мүнәсибети менен айрықша жағдайда мәжилис өткереди. Бул ҳаққында шөлкемниң бас дипломаты Жозеп Боррель социаллық тармақ арқалы мәлим еткен. Болажақ ушырасыў форматы ҳаққында мағлыўмат берилмеди.

Алдынырақ Европа Аўқамы ХАМАС баслаған «Ал-Ақса тасқыны» операциясы фонында Израилды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирген еди.

Сондай-ақ, аўқамның билдириўинде Жақын Шығыста тынышлықты енгизиў мақсетинде регионда турақлылыққа ерисиўге қаратылған ҳәрекет зәрүр екенлиги атап өтилди.

Алдынырақ Жозеп Боррель соқлығысыўды жеделлик пенен тоқтатыўға шақырған еди.

ӨзА