Өткен екшемби күни футбол бойынша Қарақалпақстан кубогиниң финал ойыны болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясы ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети командалары ушырасты. Қызықлы өткен ойын жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясының командасы 3:1 есабында жеңиске ерисип, кубок жеңимпазы болды.

Ойынның дәслепки минутында академия футболшысы А.Мәтмуратов есапты ашқан болса, қарсылас команда ойыншысы  Қ.Нызаметдинов 11 метрлик жәриймадан есапты теңлестирди.  Ойынның тийкарғы бөлими усы есапта жуўмақланды.

Төрешилер тәрепинен берилген қосымша таймларда Ш.Пахратдинов ҳәм М.Жамидов  есапты 3:1 ге жеткерди. Солай етип, келешегинен үмит күттиретуғын жас футболшылар Қарақалпақстан кубоги жеңимпазы болды.

Сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев қатнасып, футболшыларға медаль ҳәм кубокты тапсырды.

Жеңимпаз команда усы жыл 29-октябрь күни Әндижан ўәлаятында болып өтетуғын финаллық басқышқа жоллама алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги