iPhone 15 сериясы сатыўға шығарылғаннан соң дәрҳәл интернетте Apple’диң гезектеги  нәўбеттеги флагманы iPhone 16 ҳаққындағы гәплер пайда болды.

Инсайдердиң сөзлерине бола, Купертино командасы әллеқашан жаңа қурылма үстинде ислеўди баслаған. Компания Қытайдың Чэнду қаласында үлги ретинде жыйнаў линиясын орнатты. Инженерлик прототиплерин ислеп шығарыў усы жылдың декабрь айында басланыўы күтилмекте.

Итибар қаратың, ҳәзирги ўақытта iPhone 15 те инновациялардың жоқ екенлиги ҳәм тез қызып кетиўине байланыслы машқалалар ушыраспақта.

Бирақ, iPhone 16 көплеген жаңалықларды алып келиўи күтилмекте. Бул серия төрт моделди өз ишине алады: iPhone 16, iPhone 16 Plus, iPhone 16 Pro ҳәм iPhone 16 Pro Max. Тийкарғы жаңалық – рамкасыз дизайн болып, ол экранды және де сулыў етеди.

Сондай-ақ, iPhone 16 жаңа материаллар себепли жеңил ҳәм жиңишке болыўы мәлим етилген. Буннан тысқары, қурылма жуқа басылған электрон платаларды алады, бул болса оны және де ықшамластырыўы мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги