Ханчжоу—2022 XIX жазғы Азия ойынлары 6-октябрь, жума күни де даўам етпекте.

Аўыр атлетика бойынша Өзбекстан командасы ағзалары Акбар Жўраев ҳәм Руслан Нуриддинов Азия ойынларында жоқары дәрежеде қатнасты.

-109 кг салмақ категориясында қатнасқан Акбар Жўраев 417 (189+228) кг менен гүмис, Руслан Нуриддинов болса 391 (175+216) кг менен қола медалын қолға киргизди.

Бул бағдарда силтеп көтериў ҳәм еки гүрес бойынша Азия ойынлары рекордын орнатқан қытайлы спортшы Ҳуанҳуа Лиу жеңимпаз болды. Ол 418 (185+233) кг нәтийже көрсетти.

Жерлеслеримиз медальлар бойынша 5-орынды ийелеп турыпты. 4-орында турған Ҳиндстан мәмлекети 21 алтын медалын қолға киргизген. Өзбекстан (19 алтын) 4-орынға көтерилиў ушын және 3 алтын медальды алыўы керек.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги