Мәжбүрий мийнетке тартылып атырған шахс Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң Мийнетти қорғаў бойынша мәмлекетлик ҳуқық мийнет инспекторларына ҳәм ҳуқық қорғаў органларына мүрәжат етиўи мүмкин.

 

Мәжбүрий мийнетке тартқан шахсқа қандай жаза бар?

Жумыс бериўши ямаса белгили бир лаўазымлы шахстың пуқараларды мәжбүрий мийнетке тартыўы ҳәкимшилик ҳәм жынайы жуўапкершиликке тартыўға себепши болады. Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 51-статьясына муўапық, ең кем мийнет ҳақының бир есесинен үш есесине шекем, ержетпеген шахсқа қарата қолланылған болса, ең кем мийнет ҳақының бес есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма белгиленген. Лаўазымлы шахслардың мәжбүрий мийнетке тартыўда, ҳуқықбузарлықтың жәмийетлик қәўиплилик дәрежесине қарай Жынаят кодексиниң 205-, 206-статьяларына муўапық жынайы жуўапкершиликке тартылыўы мүмкинлиги көрсетип өтилген.

Мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў ҳәр бир пуқараның миннети екенлигин атап өтиў орынлы. Әдиллик министрлиги мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиўде пуқараларды белсендиликке шақырып қалады!

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.