Атап айтатуғын болсақ, ҳаял-қызлар гүреси бойынша -53 кг салмақта қола медалы ушын беллесиўге түскен қарақалпақстанлы белгили палўан Ақтеңге Кеўнимжаева ҳиндстанлы Пожа Геҳлотты 7:2 есабында жеңип шығыўға еристи ҳәм Азия ойынларының 3-орын ийесине айланды.

Сондай-ақ, грек-рим гүреси бойынша 97 кг салмақта гүреске түскен Рустам Ассакалов қазақстанлы палўанды жеңип шығып, қола медалын қолға киргизди.

Жеңимпаз палўанларымызды бүгинги жеңиси менен қутлықлаймыз!

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы