Кеше Ханчжоу қаласында өткерилип атырған Азия ойынларында Өзбекстан сайланды командасы ағзалары жәми 2 алтын, 1 гүмис ҳәм 1 қола медалын қолға киргизди.
Атап айтатуғын болсақ, 17 жасар жеңил атлетикашы Шарифа Давронова үш атлап секириў беллесиўлеринде 14. метр 09 см нәтийже менен алтын медальды ийелеўге миясар болды.
Ал, қарақалпақстанлы палўан Жалғасбай Бердимуратов финальда 3 мәрте Азия чемпионы ҳәм жәҳән чемпионатының сыйлы орын ийеси Насир Ализаданы 7:4 есабында жеңип шығып, елимиз делегациясы есабына және бир алтын медальды қосып қойды.
Аўыр атлетикашы Муҳаммадқодир Тоштемиров штанганы тик көтериўде 159, силкип көтериўде 192, улыўма есапта 351 кг нәтийже менен гүмис медаль ийесине айланды.
Тимур Кападзе басшылығындағы футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасы қубла кореялы футболшыларға 1:2 есабында жеңилип қалды ҳәм енди қола медалы ушын Гонконг сайланды командасы менен гүреске түседи.
Сондай-ақ, бүгин бокс бойынша финаль беллесиўлери өткерилип, онда -51 кг салмақта Ҳасанбой Дўсматов таиландлы Титисан Панмот пенен саат 16:45 те, 57 кг салмақта Абдумалик Халоков япониялы Шудаи Харада менен саат 17:15 те, +92 кг салмақта Баҳодир Жалолов қазақстанлы Қамшибек Қонқабаев пенен саат 18:15 те алтын медаль ушын гүрес алып барады.
Соның менен бирге, бүгин грек-рим гүреси бойынша 97 кг. салмақта Рустам Ассакалов қазақстанлы Ислам Умаев пенен, ҳаял-қызлар гүреси (еркин гүрес) бойынша қарақалпақстанлы Ақтеңге Кеўнимжаева ҳиндстанлы Пожа Геҳлот пенен ҳәм және бир палўанымыз Лайлохон Собирова 57 кг салмақта ҳиндстанлы Манси менен қола медалы ушын беллесиўлер өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы