Хожели  районындағы Саманкөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Сабыр ата” фермер   хожалығындағы теримшилерге жәрдем бериў мақсетинде районлық Кеңес депутатлары,  республикамызда ҳәрекет етип турған сиясий партиялардың баслықлары ҳәм партия белсендилери теримшилерге ҳармасын айтып, қол-қанат болды.

Бүгинги күнги баслы ўазыйпа дийқанларымыздың маңлай тери менен жетистирилген пахтаны сепситпей жыйнап алыўдан ибарат. Ҳәм мийнет, ҳәм дем алыс дегениндей, сиясий партиялардың ўәкиллери фермер хожалықларына жақыннан жәрдем бермекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊестиң комитет баслығы Шарапат Өтемисов быйылғы жылы пахтаны кысқа мүддетте жаўын-шашын күнлерге қалдырмай жыйнап алыўда аянбай мийнет етип атырған теримшилерге ҳармасын айтты ҳәм оларға саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ районлық Мәденият бөлими хызметкерлериниң  атқарған йошлы қосықлары  қатнасыўшыларға өзгеше заўық бағышлады.

– Ҳәр бир исте белсенди болған партиямыздан сайланған депутатларымыз  да дем алыс күнин мазмунлы өткериў мақсетинде елимиздиӊ  миллий байлығы болған  ақ алтынды сепситпей жыйнап алыўда өзлериниң үлесин қоспақта дейди – O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы Казбек Артыков.  –Елимиздиӊ ақ алтын байлығы қырманыныӊ толыўына ҳәммемиз биргеликте ат салысып, өз   үлесимизди қосайық.

Район фермер хожалықларында пахта жыйын-терими даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги