Кеше Наманган қаласында футбол бойынша Азия чемпионлар лигасының 2-турынан орын алған «Навбаҳор» ҳәм Ҳиндстанның «Мумбай Сити» клублары арасында ойын өткерилди.
Ушырасыўдың биринши таймының 43-минутында «Навбаҳор» клубы дәрўазасына пенальти белгиленди ҳәм оны мийманлар футболшысы Грег Стюарт анық әмелге асыра алмады.
Екинши таймда болса, наманганлылар өзлериниң шеберликлерин көрсетти ҳәм 52-минутта Жамшид Искандеров, 58-минутта Жасур Яхшибоев ҳәм 88-минутта Дониёр Абдуманнопов «Мумбай Сити» дәрўазасына гол урыўға еристи.
Солай етип бул жеңистен соң Самвел Бабаян шәкиртлери өзиниң упайлар санын 4 ке жеткерип алды.
Ал, Ташкенттиң «Пахтакор» клубы болса, Саудия Арабстанының «Ал-Файҳа» клубы майданына сапар етип, онда 2:0 есабында жеңилиске ушырады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы