Ханчжоуда өткерилип атырған Азия ойынларында ескек есиў спорты бойынша сайланды командамыз ағзалары өз есабына және, еки гүмис ҳәм еки қола медалын қосып қойды.
Атап айтатуғын болсақ, каноеда ескек есиў бойынша жеке беллесиўлердиң 1000 метр аралық бойынша Владлен Денисов, байдаркада Шаҳриёр Маҳкамовлар гүмис, ҳаял-қызлар арасында жуплық беллесиўлеринде қатнасқан Шоҳсанам Шерзодова, Нилуфар Зокировадан ибарат сайланды командамыз ағзалары 200 метр аралықта, байдаркада ескек есиў бойынша 500 метр аралықта Шаҳризода Мавлонова, Арина Танатмишева, Екатерина Шубина, Юлия Борзовалар төртлик беллесиўлеринде қола медальларын қолға киргизиўге миясар болды.
Ал, боксшилеримиз арасында Нигина Ўктамова ярым финальда арқа кореялы қарсыласына 0:5 есабында жеңилип қалды ҳәм бул жарысты қола медалы менен жуўмақлайтуғын болды. Ең қуўанышлы тәрепи сонда, Нигина өзиниң усы жетискенлиги арқалы Париж Олимпиадасы ушын жоллама бериўши лицензияны қолға киргизиўге еристи.
Сондай-ақ, бүгин бокс бойынша олимпиада чемпионы Хасанбой Дўстматов -51 кг салмақта пакистанлы Зоҳайб Рашидти жеңип, ярым финальға шығыўға еристи.
Енди Хасанбай ярым финальда япониялы Томоя Цубои менен өз-ара гүреске түседи.
Ал, -71 кг салмақта Асадхўжа Мўйдинхўжаевты шерек финальда жеңиўге миясар болған қазақстанлы жәҳән чемпионы Асланбек Шимбергенов ярым финальда япониялы Севонрец Оказава менен ушырасып, 2:3 есабында жеңилип қалды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы