Соңғы жыллары елимизде халқымыз арасында ушырасып атырған машқалаларды унамлы шешиў  ушын инсан қәдири принципи тийкарында бир қанша нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтатуғын болсақ, пуқаралардың ҳуқықый мәплерин қорғаў ҳәм оларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мақсетинде, республикамыздағы министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен көшпели қабыллаўлар өткерилип келинбекте.

Усындай қабыллаўлардың бири Кадастр агентлиги тәрепинен Тақыятас районында өткерилди.

Онда Кадастр агентлиги директорының орынбасары Тўлқин Абдуллаев, Тақыятас районы ҳәкими Д.Қурбанов,  Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы И.Тлеуов ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы  басқармасы баслығы С.Урунбаевлар қатнасты ҳәм кадастр тараўы бойынша пуқаралардың мүрәжатларын тыңлап,  олардың машқалаларын нызамлы түрде унамлы шешиў мәселелери көрип шығылды.

Қабыллаў даўамында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў,  көшпес мүлкти мийрас сыпатында өткериў ҳәм жер участкасының шегараларына анықлық киргизиў бойынша 38 мүрәжат келип түсти.








-Келип түскен мүрәжатлардан 7 мүрәжат сол жердиң өзинде унамлы шешилген болса,  9 мүрәжатқа ҳуқықый түсиник берилди,-дейди Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими бас қәнигеси Парахат Ажимуратов.-Ал, қалған 22 пуқараның мүрәжатын үйренип шығыў ушын жуўапкерлерге тапсырма берилип, қадағалаўға алынды.

Бундай қабыллаўлар республикамыз бойынша даўам етеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы