100 мын ағзадан аз болмаған пуқаралар, Сенат, Омбудсман ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясына нызамшылық усынысларын Нызамшылық палатасына киргизиў ҳуқықы берилмекте.

Нызамшылық палатасында депутатлар нызам дөретиўшилиги жумысын тәртипке салыўшы нызамларды жаӊа редакциядағы Конституцияға муўапықластырыўға қаратылған нормаларды көрип шықты. Усы жойбар менен 13 нызам, 1 кодекске тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў белгиленбекте.

Парламенттиӊ Төменги палатасы мәлимлеме хызметиниӊ атап өтиўинше, бул норма мәмлекет жумысларын басқарыўда пуқаралардыӊ қатнасыўын және де кеӊейтеди. Сондай-ақ, реформалардыӊ басламашысы ретинде инсанлар өзлериниӊ келешеги, әрман-мақсетлерин әмелге асырыў ушын әҳимийетли қарарлар қабыллаўда, жәмийеттеги машқалаларды өз ўақтында шешиўде тиккелей қатнасыўы ушын шараят жаратылады.

 

  Қарақалпақстан хабар агентлиги