Ханчжоу—2022 XIX жазғы Азия ойынлары 24-сентябрь, екшемби күни де даўам етти.
Онда Өзбекстан делегациясы түрли спорт ойынларында қатнаспақта.
Өзбекстан делегациясы ушын дәслепки медаль академиялық ескек есиў бойынша ҳаял-қызлар арасындағы жеңил салмақтағы жуплық түрде қатнасқан Луизахон Исломова ҳәм Малика Тагматова есабына жазылды.
Спортшылар финальда қыйыншылық пенен болса да финишке екинши болып жетип келди ҳәм гүмис медалларын қолға киргизди.
Академиялық ескек есиў бойынша еркеклер арасында жеңил салмақтағы спортшылар жарысында Шаҳзод Нурматов ҳәм Собиржон Сафаралийев қола медалына миясар болды. Алтын ҳәм гүмис медальлары болса Қытай ҳәм Ҳиндстан командаларына несип етти.
Үшинши медаль академиялық ескек есиўдиң М2х те қатнасқан Шаҳбоз Холмирзайев ҳәм Меҳрожбек Маматқулов тәрепинен қолға киргизилди. Жуплығы гүмис медальға ийе болды. Усы стартта алтын медаль Қытай, қола медалы болса Индонезияға несип етти.
Делегацияның Азия ойынларындағы гезектеги медальды М2-түринде қатнасқан адемиялық ескек есиўшилер Шеҳроз Ҳакимов ҳәм Дилшоджон Худойбердийев қолға киргизди. Олар финишке екинши болып жетип келди. Усы турда алтын медаль Гонконг, қола медалы Ҳиндстан командаларына несип етти.
Өзбекстанлы стол теннисшилери плей-офф басқышындағы жүрисин шерек финальда жуўмақлады. Вьетнамға қарсы ойын алып барған Марҳабо Магдийева, Розалина Хаджайева ҳәм Асел Еркебаевадан ибарат командамыз 0:3 есабында жеңилди.
Заманагөй бесгүрес бойынша ҳаял-қызлар арасындағы жеке ойынлары да жуўмақланды. Онда қатнасқан Токио—2020 Олимпиадасы қатнасыўшысы Алисе Фахрутдинова жарысты 1327 очко менен 7-орында жуўмақлады. Бул нәтийже менен Фахрутдинова Париж-2024 Олимпиадасына жолланма алды.
Қылышласыў беллесиўлеринде медальлар ушын гүресетуғын спортшылардың аты белгили болмақта. Ер адамлар арасындағы рапира түринде қатнасып атырған өзбекстанлы спортшылар финаль басқышына шыға алмады. Муҳаммад Юсуф 1/8 финальда, Дониёр Садуллайев болса топар басқышында өз жүрисин тоқтатты.
Ҳалима Қурбонова дзюдо бойынша Өзбекстан командасы ағзасының дәслепки медалына ийе болды. Өзбекстанлы спортшы қола медалы ушын жарыста қубла кореялы Хекеонг Лиге қарсы татамиге шығыўы керек еди. Бирақ қарсылас спортшы гүреспегени ушын Қурбонова тиккелей сыйлы медальға ийе болды.
Азия ойынлары даўам етпекте…
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги