Жаңа iPhone 15 сериясына алдыннан буйыртпалар қабыл етиў басланғаннан берли технология дүньясы жаңа қурылмалардың дәслепки сынақларын асығыслық пенен қүте баслады. Дәслепки сынақларға бола, iPhone 15 Pro Max АnTuTu бенчмаркинде рекорд нәтийжени орнатты.
Белгили смартфон ислеўи бойынша 1 641 883 балл топлады. Бул көрсеткиш бир неше компонентлерге бөлинген: CPU – 392 643, GPU, яд (МEМ) – 306 164 ҳәм пайдаланыўшы тәжирийбеси (UХ) – 345 342.
Жаңа өнимниң тийкарғы күши А17 Prо процессоринде көринетуғын болған. Бул чип ТSМC тиң алдыңғы 3 нм технологиясы тийкарында жаратылған болып, транзисторлар санын 16 дан 19 миллиардқа асырды.
Буннан тысқары, iPhone 15 Pro Maxдеги GPU да сезилерли жаңаланыўға ийе болды. Қосымша ядро, Мesh Shading ҳәм аппарат нурларын бақлаўды қоллап-қуўатлаў қәсийетлерин өз ишине алады. Бул мобиль ойынларды ойнаў ҳәм графикалар жаратыў ушын жаңа имканиятлар есигин ашады.
Қалаберсе, А16 процессорли iPhone 14 Pro Max модели менен салыстырылғанда, жаңа iPhone 15 Pro Max аппаратының өнимдарлығы сезилерли дәрежеде көбейгенин көриў мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги